Қарақалпақ халқы өзиниң хош ҳаўаз бүлбиллерин бәрқулла мақтаныш етип келген. Фонограмма болмаған дәўирлерде де қолға ала мойнақ дуўтарды алып, қурды айланып жанлы ҳаўазда қосық атқарған бақсыларымыз, «Дембермес» ке деми жеткен хош ҳаўаз қосықшыларымыз бул пикиримиздиң айқын дәлили. Бүгин дүнья тән алып атырған көркем өнер ўәкиллери арасында да талантлы жасларымыздың жетилисип шығып атырғанлығы көкирегимизде мақтаныш сезимлерин толып-тастырып, көзимизди қуўандырады.
Сондай жаслардың қатарында, бүгинги көркем-өнер майданында «жулдыз» болып жайнап, өзиниң хош ҳаўазы менен халыққа танылып баслаған Мухаммедалий Адилбаев та бар. Үш жылдан берли «Зор ТВ» телеканалы арқалы берилип баслаған Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Юссел компаниясы тәрепинен шөлкемлестирилген «Артист» жойбарының быйылғы басқышында қатнасқан ол, жақында ғана болып өткен финал басқышында тамашагөйлер тәрепинен топланған даўыс ҳәм төрешилердиң шешими менен үшинши орынды ийелеўге миясар болды. Яғный ол 2000 нан аслам талабанның арасынан кастингте сайлап алынған 100 қатнасыўшының ишинде таңлаўдың финал басқышына жетип келди ҳәм 3-орынды ийелеп, Бронза кубогин қолға киргизип, 15 миллион сум муғдарында ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды. Сондай-ақ, бронза кубок ийесине айланыў алдында турған бир пайытта иниси көп даўыс берген ықласбентлер қатарында «Трекер» автомобилин утып алғанлығы шаңарағы ушын шексиз қуўаныш бағышлады.
Сегиз ай даўамында өткерилген таңлаўда рәңбәрәң жанрдағы, ҳәр түрли халықлардың тиллериндеги қосықларды эстрадалық вокал бағдарында атқарып көзге түсип баслаған баланы -Мухаммедалий ким? Ол «Артист»ке қалай барып қалды?,-деген сораўлар көпшиликти қызықтыра баслады. Баритон даўысына ийе болған бул бала 2004-жылы Нөкис қаласында Баҳадыр ҳәм Эльмираның шаңарағында тунғыш перзент болып дүньяға келген. 2000-жыллардың басында халқымыз арасында өзиниң қызықшылық өнери менен танылып, интернет тармақлары арқалы көплеген ықласбентлерге күлки бағышлаған Нөкис районы, Шортанбай елатынан жетилисип шыққан талант ийеси Баҳадыр Дәўлетниязовты ҳәзир де көпшилик жақсы таныса керек (Ол ҳәзирги күнде пайтахтымыздағы мәденият үйинде жумыс ислеп атыр). Оның қосықшылық өнери де болып, қарақалпақша қосықлар менен қоса ҳинд қосықларын да шеберлик пенен атқарыўы туңғыш перзенти Мухаммедалийде де көркем өнерге деген қызығыўшылығын арттырып, оны қосық өнерине қарай жетеледи. Баласының юрист болыўын қәлеген әкениң тилегин, баласының саз даўысқа салып жети жасынан баслап қосық атқарыўлары «жеңип» кетти. Нәтийжеде ол пайтахтымыздағы 12-санлы мектепте оқып атырған баласы Мухаммедалийди 2014-жылы пайтахтымыздағы Әмет бақсы атындағы балалар музыка мектебине оқыўға алып барады. Мухаммедалий ол жерде эстрада бағдары бойынша дәслепки билимди устазы Ринат Дәўирхановтан алады. Буннан соң 2019-жылы Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебинде оқыўын даўам еттирип, ол жерде устазы Айтбай Тәжибаевтан тәлим алады. Устазлардың берген билимлери, мийнетлери заяға кетпей келешегинен үмит күттиретуғын талант ийеси 2021-жылы Ташкент қаласындағы Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы жанындағы Ботир Зокиров атындағы миллий эстрада вокал институтының эстрада вокал бағдары бойынша оқыўға кирип, ҳәзирги ўақытта 3-курста билим алмақта. Оған ҳәзирги ўақытта институтта профессор Дилором Амануллаева устазлық етпекте.
-«Артист» жойбарына қатнасыўды ойлап жүрген ўақытларымда устазларым «қатнасып көр, сениң имканиятларың жетеди, ҳаўазың жақсы, өзиңе тән бағдарға ийесең» деп исеним билдирди. Мен усы тараўға араласыўда ҳәм усы дәрежеге жетисиўимде жәрдем берген ата-анама, устазларыма миннетдаршылығым шексиз. «Артист» мен ушын шеберлик мектеби, келешекке қарай таслап атырған қәдемимниң дәслепки басқышы болды. Келешекте олардың исенимин және де үлкен жетискенликлерим менен ақлаўға ҳәрекет етемен,-дейди ол.
Мухаммедалийдиң финальға шекем жетип келиўи ҳәм күшли төртликтиң қатарынан орын алыўы аңсат болмады. Ол өз үстинде көп изленди. Нәтийжеде балалықтан баслап, усы дәўирге шекем алған билимлери, устазларының оған деген исеними «Артист» те өз жемисин берди.
-Мухаммедалий көп санлы шәкиртлеримниң бири. Минез қулқы тартыншақ, хош ҳаўазлы бала жүдә умтылаўшаң болды. «Дойнағында бар бала» мийнетлеримди ақлап, «Камалак жулдызлары» ҳәм музыка мектеплери оқыўшыларының қатнасыўындағы «Ансамбль лер таңлаўы» ның лауреатлары болды. Еле ядымда «Жамайка» қосығын ол балалықта шеберлик пенен атқарып шыққаны. Оның келешеги еле алдында. Ол еле буннан да үлкен табысларға ерисетуғынлығына исенемен,-дейди оның дәслепки устазы Ринат Дәўирханов.
«Артист» тиң финал басқышында төрешилер тәрепинен билдирилген жақсы пикирлер қатарында Өзбекстан Республикасы мәденият министри А.Назарбеков «Мухаммедалий сениң келешегиң бар, сен сахнаға жарасып турыпсаң, сен әллеқашан артистсең, мен сени ең жоқары шоққыларда көриўди қәлеймен» деп жоқары баҳа берди.
Устазлардың усындай исеними ҳәм жақсы пикирлеринен руўхланған жас қосықшы үлкен мақсетлер жолында келешекке қарай талпынбақта. Ол Ботир Закиров естелигине арналған таңлаўларға қатнасып жақсы көрсеткишлерге ерисиўи менен бирге, мәмлекетлик илажларға бағышланған концерт бағдарламаларында қосықлары менен қатнасып келмекте. Оның бул қәдеми жаңа табысларға жетелеп, биз де оның қосықларын халқымыз сүйип тыңлайтуғын қосықшы болып, жетискенликлери менен жоқары шоққыларда көриўди қәлеймиз.
Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги