Бүгин Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Өзбекстанда белгили бренд – Click төлеў системасы ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда компания Бас директорының мәсләҳәтшиси Акмаль Махмудов, менеджерлери Умидахон Зиялова ҳәм Николай Юмачиковлар, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары Мэлс Қосназаров ҳәм Туризмди раўажландырыў басқармасы баслығы Гулбахар Изентаевалар қатнасты.

Ушырасыў даўамында Click брендиниң Қарақалпақстанда ўәкиллигин ашыў, санластырыў арқалы Қарақалпақстанда киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳаққында келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги