Министр Гүлистан Кожабаева Қубла Корея Республикасында хызмет сапарында болып турыпты,-деп хабар бермекте Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң  баспасөз хызмети.

Буннан тийкарғы мақсет –мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўында Кореяның алдынғы тәжирийбеси, атап айтқанда Корея әмелиятында билимлендириў, басқарыў системасы ҳәм педагог кадрлардың маманлығын арттырыўда заманагөй педагогикалық технологиялар ҳәм шешимлерди енгизиў бойынша тәжирийбе алмасыўдан ибарат.

-Қубла Корея мәмлекетиниң билимлендириў тараўының барлық түрлери менен танысып атырмыз. Билимлендириў системасы 12 жыл орта, мәжбүрий ҳәм жоқары билимлендириў (мәжбүрий емес) болып есапланады. Билимлендириў системасы тийкарынан үш түрге бөлинип, яғный баслаўыш тәлим, (1-класстан 6-классқа) орта (7-класстан 9-класс) ҳәм жоқары билимлендириў (10-класстан 12-класс) деп жүргизиледи екен. Бул жерде директор, директор орынбасарлары көп жыллық тәжирийбесине сүйенип 4 жылға шекем сайланады ҳәм жақсы жумыс алып барса мектеп директорлары менен алмасыў процесслери болады. Буннан басқа бизлер мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде болдық. Бул жерде балалар бақша жасынан баслап тәлим менен биргеликте кәсипке бағдарлаў бойынша да тәрбияланады екен. Соның менен бир қатарда,  бизлерге Корея мәмлекети билимлендириў тараўы хызметкерлери тәрепинен оқыў саатлары алып барылды ҳәм оқыў барысында тараў ҳаққында презентациялар таярлап олар менен бирге сораў- жуўаплар, ашық сәўбет өткерилди,-дейди министр Г. Кожабаева интернет тармағы арқалы билдирген пикиринде.

Министрдиң хызмет сапары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги