Египеттиң «AlAxbar AlYoum» басылымы «Өзбекстанда кәмбағаллықты қысқартыў улыўма миллий ҳәрекетке айланды» атамасында мақала жәриялады.

Автор тийкарғы итибарды елимизде мине, усы бағдарда «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» атамасындағы жаңа бағдарлама ислеп шығылып атырғанына қаратқан. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жумысларды жаңа басқышқа алып шығыўға бағышланған видеоселектор мәжилисинде бул ҳүжжетте жети имканият ҳәм жуўапкершилик принципи тийкарындағы жаңа көзқараслар белгилеп берилгени итибарға алынған.

Жуўапкерлерге ҳәр бир мәҳәллени толық хатлаўдан өткерип, «кәмбағал шаңарақлар портрети»н ислеп шығыў тапсырылғанына тоқтап өтип, белгили бир шаңарақ бойынша айрықша бағдарлама болыўы, бул бағдарла ҳәр бир министрликтиң анық ўазыйпасы көрсетилетуғыны атап өтилген.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА