Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 3-август күнги «2023-2026-жыллары жүзимгершилик ҳәм виношылық тараўын және де раўажландырыўға қаратылған илажлар ҳаққында»ғы қарары орынланыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Еллиққала районы жүзимгершиликке қәнигелестирилди.

Бүгинги күнде районда жаңа перспективалы санаат жүзим нәллерин көбейтиў ҳәм жетистириўди жолға қойыў, өнимлердиң экспорты көлемин арттырыў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, районда 682 гектар майданда жүзимбағ болып, жыл ақырына шекем бул майданлардан 2000 тонна жүзим жетистириў режелестирилген. Ҳәзирги күнлерде өнимди жыйнаў жумыслары әмелге асырылмақта.

«Еллиққала» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Атахан Реймов» бағшылық фермер хожалығының улыўма майданы 7,5 гектар болып, сонын, 2,5 гектарын жүзим бағы қурайды. Халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийнлеў мақсетинде фермер хожалығында 50 тонна сыйымға ийе музлатқышлы қоймахана қурылды.

Районда бүгинги күнде жәми 629 гектар майданда мийўели бағ болып, жыл ақырына шекем бул майданлардан 5 мың 380 тонна мийўе алыў режелестирилген. 2023-жылы жәми 1,5 миллион долларлық мийўе-овощ өнимлери экспорт етилген болса, бул көрсеткишти 2 есеге жеткерип, жыл ақырына шекем 3 миллион долларлық мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиў нәзерде тутылған.

Соның менен бир қатарда, районда ғәлледен босаған майданларға қайта егин сыпатында 512 гектар майданға овощ, 203 гектарға палыз егинлери, 1 мың 500 гектарға мәш, 150 гектар майданға майлы егин егилген болып, бүгинги күнде усы егинлерди тәрбиялаў жумыслары алып барылмақта. Жетистирилген өнимлердиң тийкарғы бөлегин экспортқа шығарыў бойынша Россия ҳәм Қазақстан мәмлекетлери менен экспортёр кәрханалар арасындағы шәртнамаларға қол қойылды.

Д Абибуллаев,

Қарақалпақстан хабар агентлиги