Өзбекстан СИМ басшысы Бахтиёр Саидов БМШтағы шығып сөйлеген сөзинде барлық мәмлекетлерди климат өзгериўи, кәмбағаллық ҳәм технологиялық теңсизлик машқалаларын шешиўде глобал бирге ислесиўге шақырды. Ол Нью-Йоркта БМШ Бас ассамблеясының 79-сессиясында улыўма додалаў ўақтында усы пикирлерди алға қойған, деп мәлимлеме береди хабар.уз
«Биз дүньяның көп жерлеринде тынышсызлықлар күшейип баратырғанына гүўа болып атырмыз. Климат өзгериўи, кәмбағаллық, технологиялық тең салмақсызлық сыяқлы әҳмийетли машқалаларды шешиўде ҳәммени тығыз глобал бирге ислесиўге шақырамыз. Турақлы раўажланыў мақсетлерине садықлық ҳәм Орайлық Азияда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўде жедел қатнасыў бизиң тийкарғы әҳмийетли ўазыйпаларымыз болып қалады»,- дейди Саидов.
Ол, сондай-ақ, жоқарыдағыларды инабатқа алып, Өзбекстан усынып атырған айырым усынысларға тоқтады.
Соның ишинде:
- раўажланып атырған мәмлекетлердиң имканиятларын кеңейтиў мақсетинде халықаралық қаржы системасын реформалаў;
- ҳәмме ушын қәўипсиз, пайдаланыў мүмкин болған санлы технологиялар менен тәмийинлеў;
- климат өзгериўине қарсы гүресиў бойынша халықаралық бирге ислесиўди, әсиресе, Орайлық Азияның әззи регионларында күшейтиў;
- ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың имканиятларын кеңейтиў;
- терроризм ҳәм коррупцияға қарсы гүресиўде ҳәрекетлеримизди бирлестириў;
- Орайлық Азия ҳәм оннан тысқарыда транспорт коридорларын ҳәм экономикалық байланысларды кеңейтиў;
- Термиз қаласындағы Аўғанстан пуқаралары ушын оқыў орайын Глобал оқыў орайына айландырыў.
Қарақалпақстан хабар агентлиги