Сентябрь айының ақырында Жер диаметри шама менен 11 мертлик киши астероид 2024 PT5- екинши тәбийғый жолдасына ийе болады. Бул космослық элемент 29-сентябрь күни орбитаға киреди ҳәм өзине тән ай көринисинде 56,6 күн айланады.

“CBS News” телеканалының хабар бериўинше, 2024 PT5 Қубла Африкада жайласқан үскенелерден пайдаланылған ҳалда “Asteroid Terrestrial-impact Last Alert System” тәсиринен кейинги ескертиў системасы телескопы менен ислеўши илимпазлар тәрепинен изертленген.

Мадридтеги Комплутенсе университети қәнигелери үш ҳәпте даўамында жолдастың пәрўаз жолын бақлады. Нәтийжеге бола, дене Қуяш әтирапында айланатуғын Аржуна астероид шеңберинде жайласқан.

Жердиң тартыў күши тәсиринде 2024 PT5 бир неше ҳәпте Ай сыяқлы Жер әтирапында айланады ҳәм 25-ноябрь күни гелио орайлық орбитаға қайтады. Яғный, Қуяш әтипанында айланыўды даўам еттиреди.

Ҳақыйқатында да, жүдә киши өлшеми себепли дурбин яки ҳәўескер телескоп жәрдеминде бул астероидты Жерден бақлаў имканияты жоқ. Күшли әсбап-үскенеге ийе профессионал астрономлар ҳаўа денеси ҳәрекетин бақлай алады.

Орбитамызды тәрк еткеннен соң да бир неше ай Жерге жақын аймақта қалатуғын астероид 2025-жыл 9-январь күни планетаға және жақынласады ҳәм соң узақласа баслайды. 2024 PT5 Жер орбитасына екинши рет шама менен 30 жылдан соң қайтады.

ӨзА