«Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары менен басшылар ҳәм олардың орынбасарларына қыйын жағдайдағы кәмбағал шаңарақлар бириктирилетуғыны белгиленди.

Хабар етилиўинше, қарар менен Жәмийетлик ислер қоры, Өнерментшилик ҳәм жумысты үйге алып ислеўди қоллап-қуўатлаў қоры ҳәм Халықты исбилерменликке тартыў қоры негизинде Кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик мақсетли қоры шөлкемлестириледи.

2025-жыл ушын турақ жай ҳәм ипотека базарын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде ажыратылатуғын субсидиялар санын 1,2 есеге арттырыў нәзерде тутылады.

Сондай-ақ, 2024-2025-жыллары тәжирийбе тәризинде қыйын жағдайдағы шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў мақсетинде орынлардағы шөлкемлердиң 14 мың басшылары ҳәм олардың орынбасарларының ҳәр бирине 6 айда 5 еўден ең қыйын жағдайдағы кәмбағал шаңарақлар бириктириледи.

Атап өтилиўинше, 2025-жыл 1-апрельден бир қатар әмелиятлар енгизиледи. Мәселен, Самарқанд ҳәм Ташкент қалаларында эксперимент түринде аутсорсинг тийкарында Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген бағыўшысын жоғалтқан толық болмаған шаңарақлар, мийнетке жарамлы ағзасы болмаған шаңарақлар, еки ҳәм оннан артық майып ағзалары бар шаңарақлардағы басқалардың тәрбиясына мүтәж шахсларға күндизги қатнаў тийкарында қарап турыў хызмети көрсетиледи.

Буннан тысқары, социаллық жетимликтиң алдын алыў, жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға индивидуал қатнас тийкарында шаңараққа жақын орталықта ғамхорлық көрсетиў ҳәм тәрбиялаў хызметин көрсетиў мақсетинде мәҳәллелерде шаңарақ түриндеги киши көлемли балалар үйлери шөлкемлестирилиўи де нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, ЖТИ сыпатында дизимнен өткен физикалық тәреплерге айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балалар, соның ишинде, өз алдына билимлендириў талаплары болған балалар ушын күндизги тәрбиялаў хызметлерин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында көрсетиўге руқсат бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги