Мǝжбүрий орынлаў бюросы Нɵкис қалалық бɵлими ис жүргизиўиндеги Беруний районлар аралық судының 2024-жыл 5-февраль күнги орынлаў хаты тийкарында қарыздар “Amudaryotex” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен ɵндириўши акционерлик-коммерциялық “Агробанк”тиң пайдасына 43 миллиард 544 миллион 607  мың сум  кредит қарызын ɵндириў белгиленген.

Усы ҳүжжеттиң орынланыўын тǝмийинлеў мақсетинде Мǝжбүрий орынлаў бюросы Нɵкис қалалық бɵлими тǝрепинен қарыздар “Amudaryotex” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң тийкарғы банк есап бетине электрон инкассо қойылған ҳǝм оның атындағы жǝми 10 дана кɵшпес мүлкке тыйым салынған.

Сондай-ақ, усы жылдың 19-сентябрь күни бɵлим мǝмлекетлик орынлаўшылар тǝрепинен алып барылған мǝжбүрий орынлаў ҳǝрекетлери нǝтийжесинде қарыздардан жǝми 35 миллиард 176 миллион 846 мың сум ɵндирилиўине ерисилди.

Ҳǝзирде бɵлим тǝрепинен қарыздарлықтың қалған бɵлегин ɵндириў илажлары кɵрилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги