Жаслар тәрбиясы әҳмийетли мәселе

Шымбай районындағы қәнигелестирилген мектептиң мәжилислер залында социаллық тармақлардағы жаслар санасына кери тәсир көрсетип атырған жат идеяларға қарсы идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў, олардың жаман ағымларға қосылып кетиўи ҳәм миссионерликтиң алдын алыў, сондай-ақ, жас әўладты ана Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў мақсетинде, «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» сүрени астында үгит-нәсит илажы алып барылды.
Оған усы мектеп жәмәәти менен бирге, Шымбай кәсип-өнер мектебиниң оқыўшылары қатнасты.
Онда Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы Шымбай районы бойынша бас қәнигеси М.Бердимуратов ҳәм Жаслар ислери агентлиги районлық бөлиминиң баслығы А.Генжебаевлар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, жәмийетте социаллық ҳәм экономикалық турақлылықты тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумыслар, жас әўладларымыздың заман талабына сай тәлим-тәрбия алыўы ушын жаратылып атырған кең имканиятлар туўралы айтып өтти. Соның менен бирге, баянатшылар тәрепинен жәмийетте ҳәр қандай радикалласыў жағдайларының алдын алыў, жасларымыздың санасына кери тәсир етиўши идеялар менен зәҳәрлениўи ҳәм диннен сиясий мақсетлерде пайдаланыўына жол қоймаў бойынша кең түсиниклер берилди.

Соның менен бир қатарда, мектеп оқыўшыларының мектеп формасына сай кийинген ҳалда кийиниў мәденияты, оқыў орынларының ишки тәртип қағыйдаларына әмел етиўи бойынша да өзлериниң мәсләҳәтлерин берди.
Илажда оқыўшылар тәрепинен бир қатар сораўлар берилип, оларға жуўап алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы