Президентимиздиң басламасы менен  қарақалпақ халқының лирик шайыры, өзинен әжайып сөз маржанларын мийрас етип қалдырған Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы ЮНЕСКО шеңберинде халықаралық дәрежеде белгиленетуғын юбилейлер қатарына киргизилген еди. Усы мүнәсибет пенен  орынларда шайыр дөретиўшилигине арналған әдебий илажлар өткерилмекте.

24-сентябрь күни Ташкент қаласындағы Өзбекстан Көркем өнер академиясының Орайлық көргизбелер залында Қарақалпақ халқының уллы шайыры Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына арналған көргизбе ашылды.

Көргизбениң салтанатлы ашылыў мәресиминде Өзбекстан Көркем өнер академиясының баслығы Акмаль Нур, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов, Қарақалпақстан Республикасы Көркем өнер бөлиминиң баслығы У. Утегенова, сондай-ақ, мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллери қатнасты.

Көргизбеден шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигин сәўлелендириўши шығармалары, китаплар, сүўретлеў өнери шығармалары орын алған.

Илажда атап өтилгениндей, Әжинияз Қосыбай улы ХIХ әсирдеги  қарақалпақ халқының уллы данышпан шайыры, қарақалпақ әдебиятының ири тулғасы.

Шайырдың исми ҳәм оның көркем дөретпелери дүнья халықлары  арасында кеңнен белгили. Шайыр қарақалпақ әдебиятында лирика, эпикалық поэзияны раўажландырыў менен бирге, айтыс жанрының да шебер дөретиўшиси болып табылады. Әжинияз шайырдың  «Қыз Меңеш пенен айтысы» шайырлар айтысының ең жақсы үлгиси. Оның лирикалық шығармалары менен бирге «Бозатаў» поэмасы халқымыздың кеўлинен терең орын алған. Өз дөретиўшилиги менен туўған жерге деген сүйиспеншиликти, гөззаллықты жырлап, халықлар дослығын беккемлеўге мүнәсип үлес қосқан шайыр шығарамлары келешек әўладқа да бийбаҳа мийрас болып, мәңги жасайтуғынына  гүман жоқ.

Қарақалпақстан хабар агентлиги