Мойнақтың дөретиўши муғаллимлери өз-ара беллести

136

 «1-октябрь – Муғалимлер ҳәм устазлар күни» байрамы алдынан Мойнақ районындағы 3-санлы айырым пәнлерге тереңлестирилип оқытылатуғын класслары бар улыўма орта билим бериў мектебинде  улыўма орта билим бериў мәкемелериниң педагог хызметкерлери арасында еки басқышлы  «IV дөретиўши муғаллимлер олимпиадасы»ның районлық басқышы болып өтти.

Оған улыўма 14 команда қатнасып, белгиленген шәртлер бойынша өз-ара беллести.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, биринши орынды 3-санлы мектеп командасы жеңип алды ҳәм «IV дөретиўши муғаллимлер олимпиадасы»ның Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Ал,  екинши орынды 4-санлы мектеп командасы, үшинши орынды 15-санлы мектеп командасы жеңип алыўға миясар болды ҳәм жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы