Өзбекстан Республикасы Жоқары судының баслығы Бахтиёр Исломов басшылығындағы делегация Урумчи қаласында болып өткен «Орайлық Азия – Қытай» Жоқары судлары баслықларының биринши мәжилисинде қатнасты.
Мәжилисте Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан Жоқары судларының баслықлары ҳәм Қытай Халық Республикасының Жоқары халық суды баслығы басшылығындағы делегациялар қатнасты.
Илаж даўамында тәреплер трансшегаралық коммерциялық тартысларды шешиўдиң кең көлемли механизмлери, терроризм, нәшебентлик, коррупция ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүресиўде ҳуқықты қолланыў ҳәм трансмиллий суд бирге ислесиўине итибар қаратты.
«Жасыл» ҳәм төмен углеродлы раўажланыў ушын экологиялық ресурслардың суд қорғаўын күшейтиў ҳәм әдил судлаўдың әдиллигин ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға жәрдемлесиў ушын мәлимлеме технологияларын раўажландырыў бағдарындағы мәселелер додаланды.
Әнжуман соңында ҳәр тәреплеме тараўлық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша перспективалы ўазыйпаларды қамтып алған «Орайлық Азия – Қытай» Жоқары судлары баслықлары мәжилисиниң протоколына қол қойылды.
Сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Жоқары судының баслығы Бахтиёр Исломов Қытай Халық Республикасы Жоқары халық суды баслығы Чжань Цзюнь менен ушырасты.
Еки мәмлекет Жоқары судлары арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды беккемлеўге қаратылған сөйлесиў даўамында тәреплер суд-ҳуқық тараўында нәтийжели бирге ислесиў ушын потенциал ҳәм имканиятлар жаратылғанын атап өтти.
Әдил судлаўды әмелге асырыў ҳәм суд системасын жетилистириў бағдарында өз-ара бирге ислесиў байланысларын және де раўажландырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Н.Абдураимова, ӨзА