Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласында өтип атырған Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылар кеңесиниң тоғызыншы жыллық мәжилисинде шығып сөйледи.

-Биз келеси жыллары және 18 гигаватт қуяш ҳәм самал, 3 гигаватт гидро электр станциялары, 5 гигаватт энергия жәмлеў сыйымлары ҳәм 5 миллиард долларлық электр тармақларын иске қосамыз. Бул жойбарлар арқалы ири «жасыл» мағлыўматлар орайларын да жаратпақшымыз. Бул –барлық халықаралық қаржы шөлкемлери ушын да тартымлы жойбар болады, деп есаплайман. Соның менен бирге, қайта тиклениўши энергия дәреклери есабынан жылына 100 миллион долларлық «жасыл» сертификатлар базары қәлиплесип, бул халықаралық қаржы шөлкемлери менен бирге ислесиўдиң жаңа перспективалы бағдары болатуғынына исенемен. Қоңсы мәмлекетлер де қайта тиклениўши энергия дәреклери бойынша үлкен жойбарларды баслағанын атап өтиўимиз керек. Келеси жыллары энергетика базарларына «жасыл» энергия жеткерип беретуғын ири экспортшыға айланыў ушын үлкен қәдемлер тасламақтамыз. Бул бағдарда Транскаспий электр тармағын қурыў жойбары үлкен потенциалға ийе екенин айрықша атап өтпекшимен,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Президент Азия инфраструктуралық инвестициялар банки басшылығында Орайлық Азияда «жасыл» энергияны раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыўды усыныс етти.

ӨзА