Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласында өтип атырған Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылары кеңесиниң тоғызыншы жыллық мәжилисинде шығып сөйледи.

Ҳәзирги күнде Орайлық Азия халқы 80 миллионнан асты. Регионның жалпы ишки өними келеси бес жылда 700 миллиард долларға жетиўи күтилмекте.

Соның менен бирге, регионымызда ири инфраструктуралық жойбарларға талап күн сайын артып бармақта. Ҳәзирде әмелге асырыў басланған «Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан» темир жолын қурыў мине, усындай ири регионаллық инфраструктура жойбарына анық мысал болып есапланады.

Буннан тысқары, Орайлық Азияда азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм суў ресурслары тамтарыслығы машқалалары оғада қыйынласпақта.

– Өзбекстан бул бағдарда өз стратегиясын ислеп шығып, келеси бес жылда суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин 25 процентке арттырыў арқалы 15 миллиард куб метр суўды үнемлеў бойынша үлкен жойбарларды баслаған. Бирақ суў машқаласын шешиў пүткил регион мәмлекетлери ҳәм халықаралық қаржы шөлкемлериниң биргеликте ислеўин талап етеди. Соның ушын, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки менен биргеликте суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў бойынша регионаллық орай шөлкемлестириў басламасын алға қоймақшыман. Қоңсыларымыз да бул басламамызды қоллап-қуўатлайды деп ойлайман,-деди Президент.

Өзбекстан турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў жолында Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниң үлесин жоқары баҳалайды.

Ҳәзирги күнде инфраструктура, энергетика, транспорт, суў тәмийнаты ҳәм турақлы раўажланыў бағдарында Банк пенен 3 миллиард долларлық 15 жойбар әмелге асырылмақта.

– Булардың есабынан Өзбекстан банктиң топ-10 бирге ислесиўшисинен бирине айланғанын қанаатланыўшылық пенен айтыўым керек. Мысалы ушын, Банк пенен биргеликте Бухара ўәлаятындағы ишимлик суўы тармақларын жақсылаў бойынша 720 миллион долларлық жойбар дерлик 1,5 миллион халықты таза ишимлик суўы менен үзликсиз тәмийинлейди. Ямаса «Бухара-Хийўа» темир жолын электрлестириў жойбарын иске қосыў нәтийжесинде Хийўа қаласына жылына қосымша 1 миллион турист тартыў имканияты жаратылады. Усы күнлери Банк пенен келеси үш жылда және 4 миллиард долларлық жойбарлар бағдарламасын әмелге асырыўға келисип алғанымызды атап өтиў керек,-деди Президент.

ӨзА