Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласында өтип атырған Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылары кеңесиниң тоғызыншы жыллық мәжилисинде шығып сөйледи.
«Соңғы жыллары Жаңа Өзбекстанда артқа қайтпас түрге енген реформалар ҳәм түпкиликли өзгерислер жедел әмелге асырылмақта. Биз экономиканы либералластырыў, халқымыздың турмыс дәрежеси ҳәм абаданлығын жоқарылатыўға тийкарғы итибарды қаратпақтамыз».
Өткен дәўирде жалпы ишки өнимлеримиздиң көлеми 2 есеге көбейип, биринши рет 100 миллиард доллардан артты. Келеси бес жылда бул санды 160 миллиард долларға жеткериўди режелестиргенбиз.
Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – мәмлекетмизди халқының дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер қатарына алып шығыў болып есапланады. Бул мақсетлерге ерисиў ушын алдымызға үлкен шеклерди қойғанбыз».
Төрт жыл ишинде мәмлекетимиздеги кәмбағаллық дәрежесин 23 проценттен 11 процентке түсириўге ерисилгени атап өтилди. Усы жыл бул көрсеткишти 9 процентке шекем, 2030-жылға шекем болса 2 есеге төменлетиў мақсет етилген.
-Бизиң реформаларымыздың тийкарында исбилерменликти жедел қоллап-қуўатлаў, адамларымыз ушын барлық тараўларда жаңа жумыс орынларын ҳәм дәрамат дәреклерин көбейтиўдей тийкарғы ўазыйпа жәмлескен. Соның менен бирге, халықтың сапалы билимлендириў ҳәм медициналық хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, турақ жай шараятларын жақсылаў, социаллық қорғаўды күшейтиў, ең алыс аймақларда инфраструктура тармақларын қурыўды қамтып алған «көп өлшемли» кәмбағаллықты қысқартыў бағдарламасын әмелге асырмақтамыз.
Сол себепли алдыңғы сырт ел көз қараслары тийкарында ең төменги- мәҳәлле дәрежесине түскен ҳалда кәмбағаллықты қысқартыў бойынша Өзбекстан тәжирийбесин жараттық. Жақында экономика бойынша Нобель сыйлығының ийеси мырза Абхижит Банержи «Өзбекстандағы мәҳәлле системасы ҳәр бир мүтәж шаңарақты кәмбағаллықтан алып шығыў бойынша өзиниң сийрек ушырасатуғын рецептине ийе», деп атап өткени де бийкарға емес»,-деди Шавкат Мирзиёев.
ӨзА