Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласында өткерилип атырған Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылар кеңесиниң тоғызыншы мәжилисинде шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы булардың барлығы бар инфраструктураға болған жүклемени кескин арттырыў ҳәм глобал экономикалық раўажланыўға үлкен тосық болатуғынын атап өтти.

Экспертлердиң пикирине бола, 2030-жылға шекем дүньяда жаңа инфраструктура ушын 15 триллион доллар инвестиция талап етиледи. Сондай-ақ, сырт ел инвестициялары ағымы соңғы еки жылдан берли 10 проценттен азаймақта, дүньяда қаржылай ресурслар дерлик 2 есеге қымбатлады.

Бул машқалалар барлық мәмлекетлердиң турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўди қыйынластырып атырғаны көрсетип өтилди. Бундай шараятта глобал қәўип-қәтерлердиң ақыбетлерин жумсартыў, турақлы өсиў, халықтың турмыс шараятын жақсылаўда халықаралық қаржы шөлкемлериниң роли және де артып бармақта.

«Бул бағдарда Азия инфраструктуралық инвестициялар банки қысқа дәўир ишинде 55 миллиард долларлық жойбарлар портфели менен тек ғана регионда емес, ал дүнья көлеминде ең абырайлы қаржы шөлкемлеринен бирине айланғанын айрықша атап өтиў керек», – деди Президент.

ӨзА