Мәселен, орташа глобал температура 2040-жылға шекем 1,5 дәрежеге артыўы прогноз етилген еди. Бирақ ҳәзирги жағдайда бул жағдай 2030-жылда-ақ жүз бериўи мүмкин екенлиги бизди айрықша қәўетерге салмақта.

Дүнья халқының төртен бир бөлеги таза ишимлик суўы машқаласына ушырамақта. Климат өзгериўи пәтиниң жеделлисиўи ақыбетинде азық-аўқат тамтарыслығы глобал қәўипке айланды. Нәтийжеде дүньяда 800 миллионға шамалас халық оғада қыйын кәмбағаллық шараятында жасамақта.

Ҳәр қыйлы регионларда ҳәўиж алып атырған келиспеўшиликлер себепли дәстүрий логистика бағдарлары пүткиллей өзгермекте. Өним жеткериў шынжырындағы үзилислер шийки зат ҳәм тутыныў товарларының қымбатлаўына себеп болмақта».

Қарақалпақстан хабар агентлиги