Мәмлекетимиз басшысы Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылар кеңесиниң жыллық мәжилиси регионымызда биринши рет өткерилип атырғанын атап өтти:
«Бул арнаўлы әнжуманның гезектеги, тоғызыншы мәжилиси ушын Өзбекстан таңланғанын биз өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимге тийкарланған бирге ислесиўимиздиң жоқары белгиси, деп билемиз».
Соңғы жыллары Жаңа Өзбекстан әҳмийетли глобаллық регионаллық мәселелерди додалаў, оларға нәтийжели шешимлер табыў ушын халықаралық сөйлесиў майданына айланып атырғанын атап өтти.
АИИБтиң жыллық мәжилисинде де жер жүзиниң 100 ден аслам мәмлекетлеринен 2 мыңға шамалас ўәкиллер қатнаспақта.
ӨзА