Өзбекстан суў хожалығының 2030-жылға шекемги Гендер концепциясы ислеп шығылады

93

Бүгин, 24-сентябрь күни Суў хожалығы министрлигинде Швейцария раўажланыў ҳәм бирге ислесиў агентлигиниң қаржылай жәрдеминде әмелге асырылып атырған «Өзбекстанда  суў ресурсларын басқарыў миллий жойбары»ның 3-басқышы шеңберинде Өзбекстан суў хожалығының 2030-жылға шекемги Гендер концепциясын ислеп  шығыўға бағышланған дөгерек сәўбети өткерилди.

Онда тараў қәнигелери, тийисли министрлик ҳәм уйымлар және мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери, гендер мәселелери бойынша экспертлер, сондай-ақ, суў хожалығының Гендер концепциясын ислеп шығыў бойынша жуўапкер уйымлараралық жумысшы топар ағзалары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Дөгерек сәўбетинде атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманы менен тастыйықланған «Өзбекстан-2030» стратегиясы шеңберинде гендер теңлигин  тәмийинлеў мәмлекетимиз раўажланыўының тийкарғы бағдарларынан бири  етип белгиленген.

Усы  ҳүжжетте республикамызда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасын беккемлеў, олардың хуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың социаллық, экономикалық ҳәм сиясий белсендилигин арттырыўға байланыслы бир қатар ўазыйпалар  белгилеп берилген. Бул бағдардағы ўазыйпаларға ерисиў аграр тараў, атап айтқанда, суў хожалығы системасында  да үлкен әҳмийетке ийе. Усы мақсетте Өзбекстан суў хожалығының 2030-жылға шекемги гендер концепциясын ислеп шығыўға кирисилди.

Бул баслама Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен 2021-жылы өткерилген суў хожалығын гендер баҳалаў нәтийжелерине муўапық  шөлкемлестирилген болып, ҳүжжетте тараўда гендер теңликке ерисиў, ерлер ҳәм ҳаял-қызлардың тең хуқықлары ҳәм имканиятларын әмелге асырыў ушын шараят жаратыў, ҳаял-қызлардың ролин арттырыў , олардың мәплерин ҳәм мүтәжликлерин есапқа алған ҳалда илажлар ислеп шығыў  режелестирилмекте.

Дөгерек сәўбетинде халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда Өзбекстан суў хожалығында гендер теңлигиниң ҳәзирги жағдайын баҳалаў, суў ресурсларын интегралласқан басқарыў принциплерине тийкарланған суў хожалығының гендер концепциясын ислеп шығыўдың тийкарғы  бағдарлары додаланды.

Сөйлесиўлерде 2030-жылға шекем суў хожалығының Гендер концепциясын ислеп шығыў бойынша  тийкарғы процесслер, мәпдар тәреплер менен биргеликте анық қәдемлер ҳәм келешектеги ҳәрекетлер белгилеп алынды.

ӨзА