Аўыр атлетика бойынша Испанияның Леон қаласында жаслар арасында өткерилип атырған жәҳән чемпионаты мәмлекетимиз спортшылары ушын әўметли келмекте.

Атап айтқанда, -89 кг салмақта сайланды командамыз қурамында қатнасып атырған Диёрбек Эрматов штанганы тиккесине көтериўде 162 кг нәтийже көрсетип, алтын медальды қолға киргизиўге миясар болды. Бирақ, штанганы силкип көтериў бойынша кеўилдегидей нәтийже көрсете алмаған ол атлетлердиң улыўмалық көрсеткишинде 4-орынға ылайық деп табылды. Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, буннан алдынғы беллесиўлерде сайланды команда ағзаларынан Нигора Абдуллаева қола,  Ҳусинбой Матрасулов гүмис медальды қолға киргизген еди.

Ал, бүгин сайланды командамыз ағзасы Нигора Сувонова «А» топарында -81 кг салмақта өз шеберлигин көрсетип, жеңимпазлық ушын гүрес алып барады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы