Орайлық сайлаў комиссиясының қарары менен депутатлыққа талабанлардың ҳәм сиясий партиялардың сайлаўалды үгит-нәсиятлаў жумыслары 22-сентябрьден басланды.
“Теңдей имканиятлар ҳәм әдалатлы жәмийетке қарай!” сүрени менен усы әҳмийетли сиясий мапазға кирип киятырған Өзбекстан “Адолат” СДП да сайлаўалды үгит-нәсиятлаў жумысларын алып бармақта. Мапазды жоқары дәрежеде өткериўде ҳәр бир сайлаўшының орны ҳәм белсендилиги оғада әҳмийетли болып, шөлкемлестирилип атырған үгит-нәсият жумысларына партиямыздың басланғыш партия шөлкемлериниң ўәкиллери, жергиликли кеңес депутатлары сондай-ақ, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар қанатының белсендилери айрықша жуўапкершилик пенен қатнаспақта.
Усындай ушырасыўлардан бири Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында партия тәрепинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеслерине талабанлығы қойылған Шахзада Абдираманова, Султанбек Тилеумуратов ҳәм Руслан Алламуратовтың жаслар менен ушырасыўы болып өтти.
27-октябрь күни болып өтетуғын әҳмийетли сиясий процесслерге таярлық көриў ҳәм онда сиясий партияларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген илажды Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Нурлыбай Қайыпбергенов ашып берди. Сондай-ақ, илаж қатнасыўшыларына партия сайлаўалды бағдарламасында алға қойылып атырған тийкарғы идея ҳәм мақсетлер, әҳмийетли бағдарлар ҳаққында мағлыўмат берип өтти. Илаж даўамында партия тәрепинен парламент ҳәм жергиликли Кеңеслерге қойылған талабанлардың исенимли ўәкиллери шығып сөйлеп, олардың өмири ҳәм мийнет жолы менен таныстырды.
Соның ишинде, Олий Мажлис нызамшылық палатасына талабан Шаҳзада Абдираманованың исенимли ўәкили Ахмет Тажибаев халықты талабанның өмирбаяны менен қысқаша таныстырды. Бул талабан Нөкис қаласы ҳәкиминиң “Шымбай шайхана” мәкан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси сыпатында жумыс алып бармақта.
Шаҳзада Абдираманова өзиниң сайлаўалды бағдарламасында пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, олардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, мәплерин қорғаў ҳәм әмелге асырыўда жәмийетлик шөлкемлерди кеңнен тартыў мәселесине айрықша әҳмийет қаратқан. Сондай-ақ, кәсип-өнер билимлендириўиниң мийнет базары менен байланысын беккемлеў, қәнигелерди мақсетли таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасын жетилистириў мәселелери де орын алған. Талабан партияның сайлаўалды платформасы идеяларынан келип шығып, халықтың барлық қатламлары арасында, әсиресе, жасларда коррупцияға қарсы маўасасыз гүресиў мәдениятын күшейтиў, мектеплерде балалардың Ўатанды сүйиўшилик сезимлерин оятыў, лидерлик қәбилетин арттырыў ҳәм оларды социаллық раўажланыўға сәйкес түрде тәрбиялаўда өз үлесин қосыў, қолайлы исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты жаратыўға қаратылған ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеўге байланыслы тийисли нызамшылық, тәлим-тәрбия ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша ўазыйпаларды белгилеп алған.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлығына сайлаўда Нөкис қалалық 9-сайлаў округинен талабан Султанбек Тилеўмуратовтың партияның сайлаўалды бағдарламасынан келип шығып таярланған сайлаўалды бағдарламаларында халықтың турмыс шараятын жақсылаў, оларға сапалы медициналық хызмет көрсетиў, бәнтлик ҳәм басқа да мәселелерди нызамшылық шеңберинде әмелге асырыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленгени ҳаққында да сөз етилди.
Сондай-ақ, ушырасыў даўамында Нөкис қалалық Кеңесине талабан Руслан Алламуратов абадан, қүдиретли мәмлекетти қурыўда, көп миллетли халқымыздың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыўда, яғный Жаңа Өзбекстанды қурыўда бул сиясий процесске бийпәрўа болмаў ҳәм усы процессте белсене қатнасыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында талабанлар тәрепинен жас сайлаўшылардың мүрәжетлери ҳәм пикир-усыныслары тыңланды. Сайлаўшылар тәрепинен билдирилген ҳәр бир пикирге олар тәрепинен анық жуўап берилди.
Итибарлы тәрепи – талабанлар бағдарламасына киргизилген усыныслар жаслар тәрепинен қоллап-қуўатланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги