Венгрия пайтахты Будапештте өткерилген 45-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасы дүнья жасларының интеллектуаллық потенциалын баҳалаў менен бирге Өзбекстанның «алтын әўлады» елеге шекем дүнья шахматында жетекши орынларда баратырғанын және бир мәрте көрсетти.
Быйылғы шахмат олимпиадасында өткен 11 турдың 9 ында жеңис, биреўинде теңбе-тең ҳәм биреўинде имканиятты қолдан берген тәризде қола медалын қолға киргизген Өзбекстан ерлер командасы ҳәм өз тарийхында дәслепки мәрте 170 ге шамалас мәмлекет арасында күшли 12 ликтен орын алған шахматшы қызларымыз Афрўза Ҳамдамова, Нилуфар Ёқуббоева, Умида Омонова, Маржона Маликова, Нодира Нодиржонова шын мәнисинде Өзбекстан жасларының руўҳый қуўатын көрсетти.
Ислам Каримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында 45-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасында мүнәсип нәтийжелерге ерискен шахматшыларымызды салтанатлы күтип алыў мәресими шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы спорт министри Адҳам Икромов, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы баслығы Қаҳрамон Қуронбоев, Миллий олимпиада комитети бас хаткери Ойбек Қосимов, Ташкент қаласы ҳәкими орынбасары Дилдора Раҳимова, спорт федерацияларының баслықлары, тренер ҳәм қәнигелер, шахматшылардың жақынлары, жас спортшылар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасқан илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаменти баслығы Одил Абдураҳмонов жыйналғанларға мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң шахмат бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзаларына жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.
Мәресимде сөзге шыққан Өзбекстан Жаслар агентлигиниң бас директоры, мәмлекет шахмат федерациясы баслығы Алишер Саъдуллаев, 45-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасы қола медалы ийеси Нодирбек Абдусатторов, шебер шахматшымыз Шамсиддин Воҳидовтиң атасы Пўлат Товашов ҳәм басқалар мәмлекетимизде жасларға жаратылып атырған шараятлар, кең имканиятлар нәтийжелерде өз көринисин таўып атырғанын атап өтти.
Берилип атырған итибар ҳәм хошамет еки жылдан кейин мәмлекетимизде өткерилетуғын 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасында және де жоқары жеңислерге ийе болыўында руўхый күш бағышлайтуғынын билдирди.
Будапештте болған қызғын беллесиўлердиң кейинги 11-турында Өзбекстан ерлер сайланды командасы Франция сайланды ўәкиллерин жеңип, 17 упай менен қола медалына ийе болды. Бул жолдағы гүресте жәҳән чемпионатларының жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин, чемпионлық тажына дәўагерлерди жәмлеген Қытай, Сербия, Германия, Словакия, Армения, Әзербайжан, Түркия, Испания, Иран, Норвегия сыяқлы мәмлекетлердиң сайланды командаларын артта қалдырыўға ерискенлигин атап өтиў керек.
Олимпиаданың 4-5 сааттан аслам ўақыт аралығындағы қызғын гүреслерде Нодирбек Абдусатторов, Шамсиддин Воҳидов, Жавоҳир Синдоровнинг имкансыз жағдайдан имкан тапқан, теппе-теңдей ерискен жағдайлары халықаралық шолыўшылар, экспертлер тәрепинен тән алынды.
Әлбетте, Венгрияда өткен 45-шахмат олимпиадасы, оның ҳәр бир жарысы, ойналған партиялар ҳаққында еле көп пикирлер, усыныслар билдириледи.
Бул ҳаққында күтип алыў мәресиминде қатнасқан шахмат қәнигелери, ышқыпазлар пикирлерин билдирди. Атап айтқанда, ҳәр бир шахматшымыздың өткерген партиялары елимиз шахмат клубларында, мектеплеринде, айрықша топарларда додалаўға ылайық екенин атап өтти.
Нама-қосықларға, шырайлы тилеклерге жалғасып кеткен мәресимде 45-Пүткил жержүзилик шахмат олимпиадасында қола медалына ийе болған шахматшыларымыздың ҳәр бирине «BYD Chazor» автомобильлери «Президент саўғасы» сыпатында берилетуғыны жәрияланды.
Жеңимпазлық қуўанышы, берилген саўғалар шадлығы енди шахматшыларымыздың жасаў мәнзиллеринде, мәҳәллелеринде, үйлеринде даўам етеди.
Тўлқин РЎЗИЕВ,
ӨзА хабаршысы