Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Азия инфраструктуралық инвестициялар банки (АИИБ) Басқарыўшылар кеңесиниң жыллық мәжилисинде қатнасыў ушын 25-cентябрь күни Самарқанд қаласына барды.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилистиң жалпы сессиясында шығып сөйлейди ҳәм илаж шеңберинде бир қатар ушырасыўлар өткереди.

Басқарыўшылар кеңесиниң тоғызыншы мәжилиси «Ҳәмме ушын турақлы инфраструктура жаратыў» темасына бағышланғанын атап өтиў керек. Глобал экономика күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер көрип шығылады, Азия ҳәм дүньяның басқа регионларында инфраструктураны раўажландырыўдың стратегиялық бағдарламалары ҳәм режелери додаланады.

Самарқанд қаласында өткерилетуғын еки күнлик самитте 100 ден аслам мәмлекеттен жоқары дәрежели делегациялар, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки ҳәм басқа халықаралық шөлкемлердиң басшылары ҳәм ўәкиллери, жетекши сырт ел компанияларының басқарыўшылары ҳәм абырайлы экспертлер, жәми 2 мыңға шамалас қатнасыўшының қатнасыўы күтилмекте.

Өзбекстан 2016-жылдың ноябрь айында АИИБға ағза болған. Соңғы жыллары мәмлекетимиз банктиң ең ири бенефициарларынан бирине айланды. Әмелге асырылған ҳәм ағымдағы жойбарлар портфели 3 миллиард доллардан артып, «жасыл» энергетика, жол-транспорт ҳәм коммуналлық инфраструктураны модернизациялаў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў, жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў сыяқлы тийкарғы бағдарларды қамтып алған.

ӨзА