Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўдиң заманагөй усыллары

117

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен әмелге асырылып атырған Ислам раўажланыў банки ҳәм OPEKтиң Халықаралық раўажланыў фонды тәрепинен қаржыландырыўындағы “Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў” биргеликтеги жойбары шеңберинде “Аўыл хожалығы өнимлерин диверсификациялаўда инновациялық қатнас” ҳәм “Заманагөй фермерлик технологиялары. Агроэкспорт ҳәм логистика” атамаларында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги ўәкиллери, дийқан-фермер хожалығы басшылары ҳәм басқа да тараўға тийисли қәнигелер қатнасты.

Илажда халықаралық дәрежедеги экспертлер тәрепинен аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўдиң заманагөй усыллары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап айтқанда, егин екпестен алдын, не жетистирилетуғынын дурыс таңлаў, оның базарын ҳәм қарыйдарларын үйренип шығыў, топырақтың қурамын үйрениў ҳәм таллаў өткериў, өнимниң сортларын мақсетке муўапық таңлаў, ыссыхана ҳәм үй қапталы қыйтақ жерлерин егиске таярлаўда әҳмийет қаратылыўы керек болған тәреплер, төгинлерден, әсиресе, химиялық препаратлардан, пестицид ҳәм гербицидлерден ақылға уғрас пайдаланыў, өсимлик зыянкеслеринен ҳәм кеселликлерден қорғаўда заманагөй ҳәм қәўипсиз усыллардан пайдаланыў, суўғарыў технологиясын дурыс қолланыў ҳәм тағы басқа мағлыўматлар атап өтилди.

Семинар-тренингтиң абзаллық тәрепи сонда, эксперт-тренерлер тыңлаўшыларға тек ғана билим берип қоймастан, ал олардың сол берилген мағлыўматларды қай дәрежеде өзлестиргенин баҳалап ҳәм таллап барды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги