Көп жасап, көпти көрген, турмыс ҳәм өмир мектеби жасларға үлги боларлық жасы үлкенлердиң басып өткен өмир жолын жасларға тәрбия мектеби сыпатында кең түрде үгит-нәсиятлаў бағдарында орынларда илажлар өткерилип келинбекте. Усындай илажлардың бири Хожели районындағы 32-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып өтти.

Өткерилген «Үш әўлад» ушырасыўында районлық «Нураний» қоры баслығы Т.Абдикаликов, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы бөлиминиң баслығы А.Джиенбаев, Дин ислери бойынша бас қəниге Д.Бабаниязов, мектеп жәмәәти ҳәм жаслар қатнасты.

Жасыүлкенлер жаслар менен пикир алысып, тынышлық заманда жасап атырған көп миллетли халқымыздың татыўлықта биргеликте мийнет етип, елимиздиң раўажланыўы жолында үлес қосып атырғанлығын атап өтип, оларды жаратылған имканиятлардан орынлы пайдаланып, терең билим алып, мийнет етиўге, жасыүлкенлерди, ата-ана ҳәм устазларды ҳүрмет етиўдей жақсы пазыйлетлерге ийе болыўға шақырды.



Нуранийлер ушырасыў даўамында қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўап берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги