Өзбекстан-Россия: қурылыс тараўында пайдалы келисимлерге ерисилди

Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы қурылыс ҳәм турақ-жай коммунал хожалығы министри ў.а Шерзод Ҳидоятов басшылығындағы делегация ағзалары быйылғы жылдың 18-21-сентябрь күнлери Россия Федерациясында болып келди.
Дәслеп ўәкиллеримиз “ДОМ.РФ” акционерлик жәмийетине барды. Ушырасыўда исбилерменлик перспективалары ҳәм компанияның алдынғы механизмлерин мәмлекетте қолланыў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, аймақларды комплексли раўажландырыў стандартын мәмлекетимизге бейимлестириў, «жасыл» көп квартиралы жайларды қурыў бойынша мәмлекетлераралық стандарт жойбарын алға қойыў ҳәм Архитекторы.рф билимлендириў бағдарламасында қатнасыў сыяқлы бағдарларда өз-ара пикир алысылды.

Сапар шеңберинде делегация ағзалары “Домклик” бөлими офисинде де болды. Презентацияларда жойбарды баслаўдан баслап оны қабыл етиў, мүлк ҳуқықын дизимнен өткериўге байланыслы процесслер ҳаққында сөз болды. Арзан турақ жай базарын раўажландырыў, сондай-ақ, бул тараўды санластырыў бойынша турақлы келисимлерге ерисилгени атап өтилди. Бул болса Өзбекстан турақ жай базарында қурылыс жойбарларын қаржыландырыў процесслерин тезлестиреди.
Сондай-ақ, Ш.Ҳидоятов басшылығындағы делегация Россия қурылыс ҳәм коммунал хожалығы министрлигине де барды. Ушырасыўда атап өтилгениндей, кейинги жыллары Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде басқа тараўлар қатарында, қурылыс ҳәм коммунал тараўларды раўажландырыўға да үлкен итибар қаратылмақта.
– Министрликлеримиз арасында шерикликти және де раўажландырыў мақсетинде еки мәмлекет аймағындағы жойбарларды әмелге асырыўда жойбар ҳәм қурылыс шөлкемлериниң қатнасыўын кеңейтиў бойынша әмелий илажлар көриўге таярмыз,- деди Ш.Ҳидоятов.
Сондай-ақ, әҳмийетли инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда қатнасыў ушын Россияның ири компаниялары Өзбекстанға мирәт етилди. Қатнасыўшылар, сондай-ақ, буйыртпашылық жумысын санластырыў, қурылыста қадағалаў системасы сыяқлы бағдарларда россиялы тараў ўәкиллери тәрепинен топланған кең көлемли тәжирийбени ғалаба ен жайдырыў бойынша да өз-ара пикирлести. Өз гезегинде, россиялы қәнигелер де өзбекстанлы кәсиплеслери тәрепинен тендер системасында ерисилген нәтийжелерге үлкен қызығыўшылық билдирди.
Өзбекстан Республикасы қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министри ў.а Ш.Ҳидоятов ҳәм Россия Федерациясы Қурылыс ҳәм коммунал хожалығы министри И.Файзуллинниң қатнасыўындағы ушырасыў тәреплер ушын бирдей пайдалы болды.
Ш.Маматуропова, ӨзА