Өзбекстандағы ЖШЖлар саны 470 мыңға жақынласты. Бул ҳаққында Статистика агентлигиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Мәлим етилиўинше, 2024-жыл 1-сентябрь жағдайына шөлкемлестириў-ҳуқықый түри бойынша дизимнен өткен кәрханалар санының ең көп бөлеги жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер үлесине туўра келмекте.

Бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 9,4% ке өскен. Атап айтқанда, ҳәзирги күнде 469 мың 647 жуўапкершилиги шекленген жәмийет дизимге алынған.

Статистика агентлиги соңғы бес жылдың сәйкес дәўириндеги динамиканы төмендегише тәрийплеген. 2020-жылы ЖШЖлар саны 267 мың 511 ди қураған болса, 2021-жылы 327 мың 951 ди ҳәм кейинги жыл 368 мың 945 ти қураған.

Өткен жылы бул сан 429 мың 124 ти қураған болса, 2024-жыл жағдайына бола бул 40 мың 523 ке көбейген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги