Быйылғы жылдың 23-сентябрь күни қабыл етилген ПҚ-330-санлы қарары менен АК «Халық банки» ҳәм «Микрокредитбанки» АКБ бириктирилген басшылардың жуўмағы тийкарында кәмбағал шаңарақларға ноутбук сатып алыў ушын 5 жыл мүддетке 2 жыл жеңилликли дәўир менен гиреўсиз ҳәм процентсиз қарыз ажыратылады, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Сондай-ақ, исбилерменлик жумысын баслаў ушын баҳасы 30 млн сумға шекемги киши өндирис үскенелери, көшпели дүканлар (food truck), мотороллер, скутер ҳәм усы сыяқлы басқа тийкарғы қуралларды сатып алыў ушын 5 жыл мүддетке бөлип-бөлип төлеў шәрти менен гиреўсиз ҳәм процентсиз қарыз ажыратылады.
Буннан тысқары, 2025-жыл 1-январьдан баслап кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеңилликли тийкарда қабыл етиледи.
2025-2026-оқыў жылына болса кәмбағал шаңарақлардың перзентлериниң мәмлекетлик ЖОО студентлер турақ жайларындағы жасаў қәрежетлери Мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериледи.
2025-жылдан «Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен кәмбағал шаңарақлардың перзентлери ушын өз алдына квоталар ажыратылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги