Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Корея Республикасының Миллий ассамблеясы конгрессмени Юн Жин Квон менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыў алдында министр Өзбекстан – Корея арасында IT бағдарында узақ жыллардан берли көп тәреплеме беккем қатнасықлар орнатылғанына итибар қаратты. Сондай-ақ, биргеликте бир неше жойбарлар әмелге асырылғаны ҳәм бул көп тәреплемели бирге ислесиў келешекте де даўам еттирилетуғынын айрықша атап өтти.
Ушырасыў даўамында Корея IT-компаниялары ушын Өзбекстанда IT-аутсорсинг операцияларын кеңейтиў имканиятларын үйрениў мәселелери додаланды.
Соның менен бирге, елимизде сырт ел компаниялары, атап айтқанда, IT тараўы ушын берилип атырған жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилди. Буннан тысқары, ушырасыў даўамында Корея ойын компаниялары ҳәм Өзбекстан IT компаниялары арасында бирге ислесиў байланысларын орнатыў, жаңа контентлер ислеп шығыў бойынша биргеликтеги кәрханаларды үйрениў, еки мәмлекеттиң дөретиўшилик ҳәм техникалық тәжирийбесин бирлестириў сыяқлы мәселелерге итибар қаратылды.
Бул ушырасыў санлы технологиялар тараўында Өзбекстан ҳәм Корея арасындағы стратегиялық шерикликти беккемлеў ушын имканият берип, IT-аутсорсинг ҳәм басқа да тараўларды раўажландырыў арқалы еки мәмлекет те өз-ара өсиў ҳәм инновацияларды хошаметлейтуғын улыўмалық тәжирийбе ҳәм ресурслардан пайдаланыўы ушын шараят жаратады.
Н.Раҳмонова, ӨзА