Президент Қарарына бола, 2025-жылдан баслап ҳәр жылы:

– хоккей спорт түри бойынша халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт ел қәнигелериниң қатнасыўында семинар-тренинглер, сондай-ақ, илимий-әмелий әнжуманлар өткерилип барылады;

– «Спорт жумысы» (хоккей)» бакалавриат тәлим бағдары студентлериниң хоккей клублары спорт базаларында әмелиятын шөлкемлестириў илажлары көриледи.

Өзбекстан хоккей федерациясы, хоккей спорт түри бойынша спорт клублары ҳәм мәмлекетлик емес спорт билимлендириў шөлкемлери ушын пайда салығы 3 жыл мүддетке 50 процентке азайтылады.

Өзбекстан хоккей федерациясы, хоккей спорт түри бойынша спорт клублары ҳәм мәмлекетлик емес спорт билимлендириў шөлкемлериниң жумысын қаржыландырыў ушын юридикалық шахслар тәрепинен бағдарланатуғын қайырқомлық қәўендерликлериниң суммасы пайда салығын есаплаўда салық салынатуғын базадан шегирип тасланады.

ӨзА