Өзбекстанда IT-хызметлер тараўына сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша жаңа имканиятлар есиги ашылмақта. Бул болса мәмлекеттиң экспорт потенциалын арттырып, жаңа жумыс орынларын жаратады.

Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов ҳәм АҚШтың RFA компаниясы делегациясы арасында ушырасыў болып өтти. RFA компаниясы  Өзбекстанда юридикалық шахс сыпатында дизимнен өтти ҳәм ҳәзирде Шыршық қаласында «Зеро Риск» бағдарламасынан пайдаланыўға айрықша қызығыўшылық билдирип, «IT Park Uzbekistan» резиденти статусын алыўға таярланбақта, делинеди Өзбекстан Республикасы санлы технологиялар министрлигиниң мағлыўматында.

Ушырасыўда компания жумысы ушын ең қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде усыныс етилетуғын имканиятлар ҳәм қосымша илажлар додаланды.

RFA санлы хызметлерин сырт елге экспорт етиў ушын жергиликли талантлы хызметкерлерди жумысқа алыўды режелестирмекте.

RFA бас директоры Ёхан Ким Өзбекстанда бар имканиятлар, мәмлекеттеги  технологиялық лабораторияларға болған қызығыўшылығын атап өтти. Оның атап өтиўинше, Өзбекстан IT –жойбарларын аутсорсинг етиў мақсетинде жаңа операциялық офис жаратыў ушын идеал орын есапланады.

Мағлыўмат орнында айтыў мүмкин, RFA 800 ден аслам хеж-фондлар, жеке меншик капитал компаниялары, активлерди басқарыў бойынша компаниялар ҳәм инвестиция менеджерлери ушын кең көлемли технологиялық шешимлерди усыныс етиўге қәнигелестирилген. Усыныс етилип атырған хызметлер арасында бултлы шешимлер, IT-хызметлерди басқарыў, киберқәўипсизлик, мағлыўматлар менен ислесиў, қосымша хызметлер ҳәм басқарылатуғын  анықлаў ҳәм жуўап бериў системасы бар. Компанияның бас резиденциясы Нью-Йоркта жайласқан болып, пүткил дүнья бойлап, соның ишинде АҚШ, Уллы Британия, Люксембург, Испания, Франция, Ҳиндстан, Сингапур, Филиппин ҳәм Японияда 15 офиске ийе ҳәм онда 300 ден аслам хызметкер жумыс ислейди.

RFA ушын жаңа орай Өзбекстанның қолайлы исбилерменлик орталығынан пайдаланған ҳалда регионаллық базарға стратегиялық кириў ҳәм IT-хызметлер экспорты көлемин кеңейтиўде әҳмийетли болып саналады.

А.РУСТАМОВ, ӨзА