Қарақалпақ миллий көркем өнери Қубла Кореядағы жержүзилик фестивальда кең түрде үгит-нәсиятланады

302

Усы жылдың 25-29-сентябрь күнлери Қубла Кореяның Чхонан (Cheonan) қаласында “Cheonan world dance festival 2024” жержүзилик фестивалы өткериледи. Фестивальда дүньяның көплеген халықларының миллий ҳәм заманагөй аяқ ойыншылары, соның менен бирге, фольклор ҳәм миллий эстрада қосықшылары қатнасады. Солардың қатарында бул фестивальда “Айқулаш” қарақалпақ мәмлекетлик миллий ансамбли, фольклор атқарыўшылары ҳәм миллий эстрада қосықшылары қатнасады.

Мағлыўмат орнында, “Cheonan world dance festival” 2003-жылдан берли өткерилип, 2020-жылы Қубла Кореяның абырайлы мәденият ҳәм туризм фестивалы сыпатында тән алынған. 2023-жылы бул фестивальда пүткил дүньядан 870 мың көркем өнер ўәкиллери қатнасқан.

Қарақалпақстан хабар агентлиги