Астанада региондағы суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелери додаланды

374

Президент кеңесгөйи Ш.Ғаниевтиң басшылығында Өзбекстан делегациясы 18-19-сентябрь күнлери Астана қаласында болды.

Суў хожалығы министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, сапар шеңберинде мәмлекетимиз делегациясы Аралды қутқарыў халықаралық қоры (АҚХҚ)  Басқармасының мәжилиси ҳәм Арал теңизи бассейнинде жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў бойынша Қор Атқарыў комитети ҳәм раўажланыў бойынша бирге ислесиўшилердиң Муўапықласытырыўшы ушырасыўында қатнасты.

Илажда Қазақстан, Түркменстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлери делегациялары да қатнасты.

Дәслеп мәмлекетлердиң делегация басшыларын ҳәм Қордың Атқарыў комитети баслығын Қазақстан Бас министри О.Бектенов қабыллады. Ушырасыўда бас министр региондағы суў ресурсларынан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў, Арал теңизи қурыўы ақыбетлерин жумсартыў бағдарында регион мәмлекетлери тәрепинен алып барылып атырған бирге ислесиўдиң нәтийжелилиги, АҚХҚның кейинги жыллары ерискен нәтийжелерине тоқтап өтти.

Қазақстан Бас министри Өзбекстан Президентиниң суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бағдарында мәмлекетлер аралық пайдалы байланыслар, өз-ара қоңсышылық ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша басламаларын жоқары баҳалады.

АҚҲҚ Басқармасының мәжилиси күн тәртибине киргизилген мәселелери бойынша есабатлар тыңланды.

Арал теңизи бассейниндеги мәмлекетлерге жәрдем көрсетиў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасы, Қордың шөлкемлестириў структурасы ҳәм ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, регион мәмлекетлери гидрометеорология хызметлерин модернизациялаў жойбарының екинши басқышын таярлаў сыяқлы мәселелер бойынша келисимлерге ерисилди.

Усы жылдың ақырында болып өтиўи режелестирилген «Бирден-бир» суў саммитине таярлық көрип шығылды.

Қор Басқарманың гезектеги мәжилиси шеңберинде Өзбекстан ҳәм Қазақстан делегацияларының еки тәреплеме ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыў даўамында Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында суў ҳәм энергетика тараўларында еки ҳәм көп тәреплеме әҳмийетке ийе болған қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм келешекте бул бағдарда өз-ара бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў мәселелери додаланды.

Атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Қазақстан мәмлекетлери Аралбойы бассейни мәмлекетлери арасында географиялық жақтан уқсаслығы, соның ишинде, региондағы дәрьялардың бас бөлеги аймақларында жайласқан суў сақлағышларды қоңсы мәмлекетлер менен биргеликте пайдаланыў, сондай-ақ, электр энергия мәселелеринде де келешекте жумысларды муўапықластырып барыў ҳаққында келисип алды.

Көп тәреплеме ушырасыўда Тәжикстан Бас министриниң орынбасары С.Зиёода, Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары Т.Атахаллыев пенен регион күн тәртибинде әҳмийетли болып турған суў, экология ҳәм аўыл хожалығына байланыслы мәселелер додаланды.

Сондай-ақ, 19-сентябрь күни Астана қаласында Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы суў хожалығы басшылары басшылығында биргеликтеги жумысшы топардың гезектеги мәжилиси өткерилди.

Мәжилисте тараўға байланыслы еки тәреплеме қатнасықлардың бүгинги жағдайы додаланып, ҳәзирги мәселелердиң шешими бойынша анық пикирлер алысылды.

Атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында транс шегаралық суў объектлерин биргеликте басқарыў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққындағы Ҳүкиметлер аралық Келисим жойбары, Орайлық Азияда трансшегаралық дәрьялардың суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳаққындағы Регионаллық стратегия жойбарын регионның басқа мәмлекетлери менен келисиў додаланды. Мәмлекетлер аралық әҳмийетке ийе болған гидропостларда суўдың есабы ҳәм мониторингин жүргизиў мақсетинде оларда автоматласқан қурылмаларды енгизиўге келисип алынды.

Соның менен бирге, Аралбойы регионында суў, экологиялық ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған улыўма баҳасы 25,3 млн АҚШ доллары болған жойбарларды әмелге асырыў додаланды. Соның ишинде, төмендеги жойбарлар көрип шығылды:

– Әмиўәдрья ҳәм Сырдәрья дельталарында киши суў сақлағышларын шөлкемлестириў;

– Аралбойы регионында экосистемаларды тиклеў ҳәм сақлаў;

– Арал теңизиниң қурыған түбинде тоғайлықлар жаратыў;

– Арал бассейни халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў ҳәм санитариялық жағдайды жақсылаў.

Ушырасыўлар ашық, дослық ҳәм конструктивлик руўхта өтти.

ӨзА