Өзбекстанлы жеңил атлет Анвар Анваров Швейцарияның Женева қаласында өткерилген халықаралық  «Golden Fly» турниринде қатнасып, онда өз шеберлигин көрсетти.

Узынлыққа секириў бойынша беллесиўлерге қатнасқан Анваров 7.87 метр нәтийжеге ерисип, жарыс жуўмағында қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

Ал, өткерилген жарыс жуўмағында, намибиялы атлет Лаюнель Кутзи  7.99 метр нәтийже менен  алтын, болгариялы Божидар Сарабоюков болса, гүмис медальды ийелеўге еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы