Сайлаў-2024
Усы жылы 27-октябрь күни болып өтетуғын парламет ҳәм жергиликли Кеңес депутатлары сайлаўы бойынша сайлаўалды үгит-нәсиятлаўға 2024-жыл 22-сентябрьден старт берилди. Бул ҳаққында Орайлық сайлаў комиссиясы мәжилисинде мәлим етилди.
Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилисинде Нызамшылық палатасы депутатлығына сиясий партиялар тәрепинен көрсетилген талабанларды дизимге алыў ҳәм сайлаўда қатнасып атырған сиясий партиялар ҳәм депутатлыққа талабанлардың сайлаўалды үгит-нәсиятлаўына байланыслы мәселелер көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, быйыл парламенттиң төменги палатасына сайланатуғын бир жүз елиў депутаттың жетпис беси бир мандатлы сайлаў округлери бойынша сайлаўшылардың тиккелей анық бир талабанларға берген даўысларына муўапық сайланады. Қалған жетпис беси бирден-бир сайлаў округи бойынша сиясий партияларға берилген даўысларға турақлы түрде сиясий партиялар тәрепинен көрсетилген талабанлардың дизими (яғный, партия дизими) тийкарында сайланады.
Мәжилисте Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы, Өзбекстан Экологиялық партиясы, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы, Өзбекстан «Адолат» социаллық-демократиялық партиясы тәрепинен бир мандатлы сайлаў округлери бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлығына көрсетилген талабанларды дизимге алыў бойынша қарар қабыл етилди. Соған бола, бес сиясий партия тәрепинен бир мандатлы сайлаў округлери бойынша Нызамшылық палатасы депутатлығына көрсетилген улыўма 375 талабан дизимге алынды.
Сондай-ақ, бирден бир сайлаў округи бойынша Нызамшылық палатасы депутатлығына усы сиясий партиялар тәрепинен көрсетилген жәми 500и партия талабанларын дизимге алыў бойынша Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли қарарлары қабыл етилди.
– Миллий сайлаў тәжирийбемизде биринши мәрте бес сиясий партия тәрепинен барлық дәрежедеги депутатлық орынларына 100 процент талабанлар көрсетилди, – деди ОСК секретариатының баслығы Худоёр Маматов. – Атап айтқанда, сиясий партиялар Нызамшылық палатасына улыўма 875, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслерине 3 мың 625, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине улыўма 24 мың 850 талабанлар, яғный барлық сайлаў округлеринде талабанлар толық көрсетиў имканиятына ийе болды. Онда, «E-saylov» интерактив порталының иске қосылғаны да үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады. Бул система арқалы сиясий партиялар талабанлардың нызамшылық талапларына сәйкеслик жағдайы бойынша сайлаў комиссиялары менен жедел ислесиў имканиятына ийе болды.
Нызамшылық палатасы депутатлығына сиясий партиялардан көрсетилген талабанлар арасында ҳаял-қызлардың саны 391 ямаса 44,7 процентти қурады. Бул елимиз сайлаў тарийхындағы ең жоқары көрсеткиш есапланады. Бурынғы сайлаўларға қарағанда талабанлар да жасарған. Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанлардың орташа жасы 47,2 жас. Олардан 44,2 проценти 45 жасқа шекемги, 44,3 проценти 45-60 жастағылар есапланады. Талабанлар арасында ең жасы 25 жаста.
Талабанлардың 99,3 проценти жоқары мағлыўматлы. Олардың арасында экономистлер – 20,2 процентти, педагоглар – 27,9 процент, инженерлер – 7,9 процент, шыпакерлер – 9,1 процент, ҳуқықтаныўшылар – 16,5 процент, исбилермен, фермер ҳәм басқа тараў ўәкиллери 18,4 процентти қурайды.
Мәжилисте аймақлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиялары тәрепинен жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанлар да дизимнен өткерилгени атап өтилди ҳәм талабанлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Буннан тысқары, мәжилисте Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслер депутатлары сайлаўында қатнасатуғын партиялар ҳәм депутатлыққа талабанлардың сайлаўалды үгит-нәситялаўы ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды. Қарар менен Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатлар сайлаўы бойынша депутатлыққа талабанлардың ҳәм сиясий партиялардың сайлаўалды үгит-нәсиятлаўы 2024-жыл 22-сентябрьден басланатуғыны белгиленди.
Мәжилисте көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы