Президент Шавкат Мирзиёев 19-сентябрь күни қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм туризм тараўларындағы усыныслар презентациясы менен танысты.

Ҳәзирги күнде ҳаўаны таза сақлаў, экологиялық жадайлардың тәсирин азайтыў барған сайын әҳмийетли болып бармақта. Сол себепли бул бағдарда еки бағдарлама ислеп шығылды.

Бириншиси – Шаң тозаңларға қарсы гүресиў ҳәм олардың ақыбетлерин жумсартыў бойынша 2024-2030-жылларға мөлшерленген миллий бағдарлама болып есапланады. Бул ҳүжжетте “Евро-4” стандартынан төмен категориядағы жанылғыны сатыў ҳәм оннан пайдаланыўды басқышпа-басқыш толық шеклеў нәзерде тутылады. Оның ушын Бухара ҳәм Ферғана нефтьти қайта ислеў заводлары жоқары сапалы жанылғы ислеп шығарыў бойынша модернизацияланады.

Екиншиси – Ташкент қаласында атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаўға қаратылған илажлар бағдарламасы болып, оған бола, келеси 5 жылда пайтахтымыз ҳәм оған тутас Ташкент ўәлаяты районларында 441 гектар «жасыл белбеў» ҳәм бағлар шөлкемлестириледи.

Санитар тазалаў жумысларын тәртипке салыў мақсетиндеги болған орай негизинде Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлигин дүзиў усыныс етилмекте. Санитар тазалаў кәрханаларының нәтийжели көрсеткишлерине қарап, үш категорияға ажыратқан ҳалда рейтинг системасы енгизиледи.

Жаңа қурылатуғын, бийиклиги 12 метрден яки улыўма майданы 500 квадрат метрден аслам болған имаратларды жойбарластырыўда оған тутас аймақлардың кеминде 25 процентин көклемзарластырыў талабы қойылады. Сондай-ақ, қоршаған-орталыққа зыяны көп санаат кәрханалары да «жасыл белбеў»лер қурыў миннетлемесин алады.

Экологиялық ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, усы бағдарда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў мәселелерине де итибар қаратылады. Белсенди ҳәм жанкүйер инсанларды хошаметлеў мақсетинде «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен эколог» ҳүрметли атағын бериў усынысы билдирилди.

Қоршаған-орталық пенен байланыслы болған мәселелер бойынша қарарлар қабыл етиў процесинде жәмийетшиликтиң мәлимлеме алыў имканияты, қатнасыў ҳәм әдил судлаўға ерисиў имканияты ҳаққындағы Орхус конвенциясына қосылыў мәселеси көрип шығылды.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске қурылыс майданларында атмосфера ҳаўасын қорғаў талапларына әмел етпеў бойынша статья киргизиў мақсетке муўапықлығы айтылды. Сондай-ақ, тереклерди кесиў ҳәм билқастан қурытыў, дәрья бойларынан нызамсыз түрде қум-шағыл тас қазып алыў, шығындыларды белгиленбеген орынларға таслайтуғынлар ушын жәриймаларды арттырыў ҳәм қатаң етиў илажлары көриледи.

Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-майдағы қарары менен республикада экологиялық маркировкалаў системасы енгизилген. Енди ISO 14024 халықаралық стандартына муўапық, “Yashil belgi” атамасында өним ҳәм хызметлерди өз қәлеўи менен экологиялық маркировкалаў жолға қойылады. 2 мың 336 хожалық жүргизиўши субъектлерде автомат түрде мониторинг станциялары, шаң-газ тазалаў үскенелери ҳәм суў тазалаў қурылмаларын орнатыў бойынша тармақ кестелери тастыйықланады.

Экология, қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы жәмийетшиликтиң қадағалаўы астында басқарылатуғын ҳәм юридикалық тәреп статусына ийе болмаған «Жасыл қайырқомлық қоры » шөлкемлестириледи. Электрон сатып алыў қосымшаларында «Жасыл төлем» ығтыярлы үстеме түри ашылады.

Тараўдағы және бир машқала жабайы ҳайўанларды сақлаў менен байланыслы. Оларды шаңарақларда бағыў ҳуқықый жақтан тәртипке салынбаған. Сол себепли енди жабайы ҳайўанларды үй шараятында, цирк ҳәм шапитоларда сақлаў ҳәм тамашаларда пайдаланыў қадаған етиледи. Физикалық тәреплердиң ықтыярындағы ҳәм цирклерде сақланыўшы бундай жәниўарларды ҳайўанат бағындағы реабилитация орайларына, океанариумлар, питомник ҳәм илимий-изертлеў мәкемелерине тапсырылатуғынлығы белгиленбекте.

Презентацияда медициналық туризмди раўажландырыў илажлары да додаланды.

Усы мақсетте Өзбекстан бул бағдарда Орайлық Азияның «бағдарлаўшы ноқаты» сыпатында кеңнен тартылады. «Медициналық хызметлер миймандослығы» бағдарламасы әмелге асырылады. Медициналық ҳәм саламатландырыў мәкемелериниң жумысы хошаметленип, олардың бирден-бир реестри иске қосылады. Мийманханалар сыяқлы жулдызлы санаторийлардың жумысы жолға қойылады.

Мәмлекетимиз басшысы усылар бойынша ҳүжжет жойбарларын пуқта ислеп шығыў ҳәм орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА