Усы жыл 18-19 сентябрь күнлериЮксалишҳəрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Раўажланыў стратегиясын қоллапқуўатлаўшы жəмийетшилик топары, Өзбекстан Республикасы Төрешилик судлары ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы филиалы ҳəм тийисли тараўдың жуўапкер хызметкерлериниң қатнасыўында Өзбекстан – 2030” стратегиясының 27-28 мақсетлери шеңберинде 2023-2024-жылларға мөлшерленген мəмлекетлик бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалардың  орынланыўы бойынша жəмийетшилик мониторинги өткерилди.

Онда мəмлекетте кәмбағаллық дəрежесин азайтыў ҳəм мийнетке жарамлы халықтың, сондай-ақ жаслардың, майыплығы болған шахслардың турақлы ҳəм нəтийжели бәнтлигин тəмийинлеў арқалы жумыссызлық дəрежесин 7 процентке шекем түсириў ўазыйпасы белгиленген.

Илаж даўамында Нөкис қаласы, Тақыятас ҳəм Кегейли районлары аймағындағы киши санаат зоналарындағы əмелге асырылып атырылған жойбарлар ҳəм олардағы жаратылған жумыс орынлары менен танысылды.

Соның менен бирге, мəмлекетимизде əмелге асырылып атырылған реформаларды избе-из даўам еттириў, пуқаралар жыйынларында  санаат, өнерментшилик, жумысты бөлип алып ислеў ҳəм шарўашылық жумысларын əмелге асырып атырған пуқараларды ҳəр тəреплеме коллап-қуўатлаў, олардың жумыс алып барыў шараятларын жақсылаў мәселелери үйренилди. Ең дəслеп, жумыссызлық дəрежеси жоқары болған аймақларда заманагөй өндирислик қуўатлықлардың иске түсирилиўин жеделлестириў, усы тийкарда турақлы жумыс орынлары жаратылыўын тəмийинлеў ҳəм халықтың дəраматларын арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген микроорайлардың жумыслары көрип шығылды.

Мониторинг жуўмағы бойынша анықланған кемшиликлер, ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша тийисли министрлик ҳəм мәкемелерге усыныслар киргизиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги