Жасларды исбилерменликке қамтып алыў, атап айтқанда, жасларда өзин-өзи раўажландырыў бойынша күшли мотивация оятыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы бойлап «Бизнес марафон» мотивациялық тренинглердиӊ 1-2-3 ҳәм 4-мәўсими өткерилип, бул тренинглерде жәми 2 мыӊнан аслам жаслар қатнасқан еди.

«Бизнес марафон» мотивациялық тренинглеринде елимизде ҳәм сырт елде табысқа ерискен тәжирийбели исбилерменлер ҳәм бизнес тренерлердиӊ қатнасыўы тәмийинленди.

Республикамыздағы жаслардыӊ усынысына бола, «Бизнес марафон» мотивациялық тренинглердиӊ бесинши мәўсимине усы жылдыӊ сентябрь айында старт берилди.

Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде жайласқан қара үйде «Бизнес марафон» мотивациялық тренинги өткерилди. Бизнес тренингте елимизде белгили ҳәм көп жыллық тәжирийбеге ийе болған исбилерменлерден «MFaktor», «Dekos.uz»дың тийкарын салаўшысы Ҳасан Мамасаидов, «Юксалиш» жеке меншик мектеплериниң тийкарын салыўшысы Муҳаммад Али Эшонқулов, «Жаслар келешегимиз» қорының атқарыўшы директоры Ҳайрулла Саттаров, «ZMB universal academy»ның тийкарын салыўшысы Нилуфар Ҳайдарова, «Thompson» мәмлекетлик емес мәкемелериниң тийкарын салаўшысы Шаҳзод Баҳодиров ҳәм Еслеп қалыў бойынша Россия рекордшысы, Супер мий жойбарының тийкарын салаўшысы Давронбек Турдийевлер қатнасып, шығып сөйледи.

Өткерилген мотивациялық тренингте 600 ге шамалас жаслар, жергиликли исбилерменлер қатнасты ҳәм өзлерин қызықтырған сораўларға тийисли мәсләҳәтлер алды.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги