Россияның Санкт-Петербург қаласында “Ҳаял-қызлар исенимди беккемлеў ҳәм глобал бирге ислесиў ушын» темасында төртинши Евроазия ҳаял-қызлар форумы өз жумысын баслады.
Онда ең белсенди, жетекши ҳаял-қызларды бирлестирген бул форумда 126 мәмлекет парламентлери баслықлары, ҳүкимет басшылары ҳәм 20 дан аслам халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, бизнес, илим ҳәм билимлендириў, денсаўлықты сақлаў сыяқлы түрли тараўлардың ғайраткерлери болған 1,5 мыңнан аслам делегат қатнаспақта.
Форумның жумысында Өзбекстаннан Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы делегация да қатнаспақта.
Форум шеңберинде Сенат баслығының бир қатар мәмлекетлердиң басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткериўи нәзерде тутылған.
Н.Абдураимова, ӨзА