Мәмлекетимизде басқа тараўлар қатарында медицина тараўына да айрықша итибар қаратылып, тараўды раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Кегейли районында аймақлардағы халықтың санынан келип шығып бүгинги күнде 6 жерде шаңарақлық шыпакерлик пунтки болған болса, “Жаңа ϴзбекстан” массивиндеги заманагɵй шыпакерлик пункти имараты жаңадан қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылыўы менен олардың саны 7 ге жетти.
Усы заманагөй шаңарақлық шыпакерлик пунктиниң ашылыўы мүнәсибети менен илаж болып өтти. Илажға район ҳәкими А. Камалов, медицина хызметкерлери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Онда атап өтилгениндей, шыпакерлик пункт күнине 50 наўқасты қабыллаў мүмкиншилигине ийе болып, имаратта лаборатория, шаншыў, емлеў ханасы, афтоклав ханалары пуқаралар ушын хызмет етеди.
Илаж даўамында, мийманлар имараттың ишки имканиятлары менен танысып, қолайлықларын жоқары баҳалады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги