Президентимиздиң 2024-жыл 30-апрельдеги «2024-жылы ипотека кредитлерин ажыратыў механизмлерин жетилистириў ҳәм халықтың турақ жай шараятларын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына бола, турақ жай ушын субсидияларға арзалар бериў 23-сентябрь күнинен басланады.

Ипотека кредитлери бойынша субсидиялар төлеўдиң тастыйықланған мақсетли параметрлери шеңберинде арзалар қабыл етиўдиң екинши басқышы усы жылдың 23-сентябрь күни саат 09:00 де басланады.

Сондай-ақ, социаллық критерияларға  муўапық, субсидия алыў ушын пуқараларға және де кеңирек имканият жаратыў мақсетинде олардың дәраматларын инабатқа алыў тәртибине қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди.

Ендигиден былай арза бериўшиниң қәлеўине бола, оның дәраматлары есап-санағына жақын туўысқанларының да дәраматларын киргизиў мүмкин болады.

Арзалар Мәмлекетлик хызметлер орайларына тиккелей барған ҳалда яки my.gov.uz Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы еркин түрде арза тапсырыў мүмкин.

Мағлыўмат орнында айтып өтиўимиз керек, арза бериўши ҳәм/яки оның өмирлик жолдасының (соның ишинде, кепил сыпатында келтирген жақын туўысқанлары) орташа дәрамат муғдары:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда – МҲТЕАМниң 2,7 есесинен (2 млн 835 мың сум) 8 есесине шекем (8 млн 400 мың сум);

-Ташкент қаласында – МҲТЕАМниң 2,7 есесинен (2 млн 835 мың сум)  9,2 есесине шекем (9 млн 660 мың сумға шекем) болыўы керек.

                                                                                                                            ӨзА