Қырғыз Республикасының пайтахты Бишкек қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер энергетика министрлериниң төртинши мәжилиси болып өтти. Бул ҳаққында мәлимлеме тараўындағы бирге ислесиўшимиз – «TDH» хабар берген.

Илажда ТМШ Бас хаткери, сондай-ақ, Өзбекстан, Әзербайжан, Қазақстан, Түркия, Қырғызстан энергетика министрлери ҳәм жуўапкер ўәкиллери, Түркменстан ҳәм Венгриядан бақлаўшылар қатнасты.

Ушырасыўда ТМШ  мәмлекетлери энергетика сиясатындағы бирге ислесиў жағдайы ҳәм байланысларды раўажландырыў перспективасы көрип шығылды. Соның ишинде, Нахичеван келисими, Түрк дүньясын 2040-жылға шекем раўажландырыў концепциясы ҳәм 2023-2027-жылларға мөлшерленген энергетика тараўында бирге ислесиў бойынша Ҳәрекетлер режесинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына байланыслы мәселелер додаланды.

ТМШ энергетика министрлериниң ушырасыўы дәстүрге айланбақта. Бул қатнасыўшы мәмлекетлерге, дүньяның тыныш емес ўақыяларын есапқа алған ҳалда, энергетика тараўындағы әҳмийетли мәселелерди сапластырыў имканиятын беретуғынын атап өтиў керек.

Тәреплер қазып алынатуғын жанылғы ҳәм таза энергия дәреклериниң бир-бирин толтырыўшы абзаллығынан пайдаланыў, энергия бағдарларын диверсификациялаў имканияты, экспорт потенциалын арттырыў ҳәм дүнья өндирис-транспорт шынжырының исенимлилигин ҳәм үзликсиз ислеўин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Итибарлы тәрепи, делегатлар технологиялар ҳәм жасыл басламалар аймақлық орайын шөлкемлестириў, сондай-ақ, ҳәр жылы энергетика хызметкерлери арасында кәсип шеберлиги таңлаўларын шөлкемлестириў, профессионал шеберлик бойынша биринши турнирди Қырғызстанда өткериў усынысын алға қойды.

Ушырасыў соңында электр энергиясын алмасыў ҳәм жеткерип бериў тараўындағы бирге ислесиўди даўам еттириўге улыўма таярлық билдирилип, Биргеликтеги коммюникеге қол қойылды.

Ўткир Алимов, ӨзА