Ташкент қаласында «14-сентябрь-Жер жүзилик қылышласыў спорты күни»не бағышланып, 23 жасқа шекемги спортшылар арасында Өзбекстан кубоги жарысы болып өтти.
Бул жарысқа Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан күшли спортшылар қатнасып, онда қарақалпақстанлы жаслар бир қатар табысларды қолға киргизди.
Атап айтқанда, қылышласыў спортының шпага түри бойынша өткерилген беллесиўлерде қызлар арасында Дилназ Мурзатаева, сабляда Гүлистан Пердебаевалар алтын медалды қолға киргизип, жарыс жеңимпазларына айланды.
Соны айтып өтиўимиз керек, сабля бағдарындағы финаллық беллесиўде Гүлистан Токио – 2020, Париж – 2024 Олимпиада ойынларының қатнасыўшысы Зайнаб Дайыбекованы 15:14 есабында жеңип шығыўға еристи.
Және бир жерлесимиз Наргиза Жақсыбаева менен жиззақлы Самира Шакировалар қола медалын жеңип алды.
Ал, ер балалар арасындағы беллесиўлерде болса, қылышласыўдың сабля түринен Ислам Абдазов алтын, Муўса Аймуратов гүмис, Әзизбек Дәўлетназаров ҳәм Фазылбек Генжебаевлар қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы