Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилис күн тәртибинен бир қатар нызам жойбарларын додалаў орын алған.

Мәжилисте дәслеп «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.

– Бул нызам жойбары менен Омбудсман жумысының институционаллық тийкарлары жетилистирилип, оның инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине әмел етилиўин тәмийинлеў бағдарындағы ўәкилликлерин кеңейтиўге қаратылған пүткиллей жаңа ҳуқық – Өзбекстан Республикасы Президентине, Олий Мажлис палаталарына, сондай-ақ, Министрлер Кабинетине «арнаўлы баянат» бериў ҳуқықы белгилеп қойылмақта,-деди Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комитети баслығы Шуҳрат Бафаев. – Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының халықаралық миннетлемелериниң орынланыўы бойынша «альтернатив баянат» таярлаўы ҳәм тийисли халықаралық шөлкемлерге усыныўы мүмкин екенлиги белгиленбекте.

Омбудсман лаўазымына талабанға қойылатуғын талаплар әпиўайыластырылып, айырым талаплар (жоқары әдеп-икрамлылық сапаларға, жоқары мағлыўматқа, инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў тараўында зәрүр тәжирийбеге ийе болған) бийкар етилмекте. Қалаберди, Омбудсман тәсир илажларының түрлерине анықлық киргизилген ҳалда (ескертиў, усыныс хаты, өтиниш хаты ҳәм талапнама) айрықша бапта, ҳәр бир тәсир илажы бөлек-бөлек статьяда сәўлелендирилмекте.

Ишки ислер уйымлары системасына киретуғын ҳәкимшилик қамаққа алынған шахсларды қабыл етиў ҳәм сақлаў ушын мөлшерленген арнаўлы мәкемелерде, жас өспиримлерге социаллық-ҳуқықый жәрдем көрсетиў орайларында, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң гарнизоны, ўақтынша сақлаў орынларында, тергеў орынларында, жазаны орынлаў мәкемелеринде, интизамий бөлимлерде, мәжбүрий емлеў мәкемелеринде сақланып атырған шахслардың мүрәжатлери менен ислесиў, олар менен ушырасыў ҳәм сәўбетлер өткериўге байланыслы ҳуқықлары беккемленбекте.

Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде комитетимиз тәрепинен жумысшы топар ағзалары, ҳуқықтаныўшылар, депутатлардың қатнасыўында бир қатар мәжилислер, семинарлар өткерилип, берилген усыныслардың салмақлы бөлими жойбар текстинде сәўлелендирилди,-деди комитет баслығы.

Статьяма-статья додалаўлар даўамында депутатлар бир қатар анықластырыўшы сораў ҳәм усынысларды ортаға таслады. Нызам жойбарының қабыл етилиўи Омбудсман институтының инсан ҳуқықлары бойынша миллий институт сыпатындағы әҳмийетиниң артыўына, ҳуқықлары кеңейтилиўине хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.

Мәжилисте нызам жойбары қабыл етилди ҳәм Сенатқа жиберилетуғын болды.

Муҳтарама Комилова, ӨзА