Германия Федерал Канцлери Олаф Шольцтиң Қазақстанға рәсмий сапары шеңберинде еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.
Қоңсы мәмлекет ғалаба хабар қуралларының жазыўына бола, сөйлесиў жуўмағында Президент Қасым-Жомарт Тоқаев ҳәм Канцлер Олаф Шольц тәрепинен Қазақстан Республикасы ҳәм Германия арасында бирге ислесиў ҳаққындағы биргеликтеги декларация қабыл етилди.
Рәсмий делегациялар ағзалары да өз-ара бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды. Жаңа келисимлер банк, билимлендириў, социаллық қорғаў сыяқлы әҳмийетли тараўларды қамтып алған.
ӨзА