Бул қарар Москвада 2015-жылдан берли турақлы өткерилип киятырған BRICS медиа саммити ўақтында қабыл етилди.
Әзербайжанның «АзерТАЖ», Иран Ислам Республикасының «IRNA», Россияның «ТАСС», Түркменстанның «TDH» мәлимлеме агентликлери ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Телерадиокомпаниясы ўәкиллери қатнасқан илаж қатнасыўшылары көп тәреплеме мәлимлеме бирге ислесиўин беккемлеў зәрүрлигинен келип шығып, Каспий мәлимлеме агентликлери альянсын дүзиў мақсетке муўапық, деген жуўмаққа келди.
Делегатлар арнаўлы реже ислеп шығыў, гезектеги мәжилис ўақтын ҳәм орнын белгилеў, Альянс шеңберинде мәлимлеме бирге ислесиўи түрин белгилеў мақсетинде турақлы түрде мәсләҳәтлесиў өткериўге келисип алды.
Еслетип өтемиз, усы күнлери РФ пайтахтында BRICS мәмлекетлери медиа саммити болып өтпекте. Экспертлер ҳәм рәсмийлер қатнасыўындағы додалаўлар көп полюсли дүнья турақлылығын беккемлеўде BRICS медиа жәмийетшилигиниң орны, сондай-ақ, аўқамға ағза мәмлекетлер бирге ислесиўиниң технологиялық тәреплери сыяқлы әҳмийетли мәселелерге қаратылған.
Ў.Алимов, ӨзА