Кеше футзал бойынша жәҳән чемпионатында 1-тур ойынлары жуўмақланды.

Соның ишинде «Е» топарында болып өткен Португалия ҳәм Панама сайланды командалары арасындағы ойында, әмелдеги жәҳән чемпионы есапланған португаллар өз қарсыласлары дәрўазасын 10 мәрте анық нышанға алыўға еристи. Панамалы футзалшылар болса, оған тек бир рет жуўап қайтара алды. Есап 10:1 Португалия пайдасына.

Усы топардан орын алған Марокко ҳәм Тәжикстан ойыны оғада кескин өтип, онда африкалылар өз қарсыласларын 4:2 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

«F» топарынан орын алған Иран ҳәм Венесуэла ушырасыўында болса, парсылар венесуэлалы футзалшылар дәрўазасына 7 гол урып, өз дәрўазасынан 1 гол алып шықты. Есап 7:1.

Сондай-ақ, усы топардағы Франция ҳәм Гватемала  сайланды командалары арасындағы ойыны да голларға толы болды. Онда французлар қарсыласларын 6:3 есабында жеңип шығып, өз есабына 3 упай жазып қойды.

Бүгин 2-тур ойынларына старт бериледи ҳәм онда Өзбекстан сайланды командасы Парагвайға қарсы ойынға түседи.

Өткен турда командамыз бенен теңбе-тең ойнаған Нидерландия болса, Коста-Рика менен, Куба Таиланд пенен, Хорватия Бразилия менен өз-ара ушырасады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы