«Алтын гүз»диң басланыўы менен елимизде жыйын-терим мапазы басланып, халқымыз бул жумысларға белсене кирисип кетеди. Әсиресе, мәмлекетимиздиң тийкарғы байлықларының бири болған пахтаның бир де ханасын сепситпей жыйнап алыўға, аўыл халқының қызығыўшылығы жоқары. Себеби, соңғы жыллары пахта теримине қатнасқан теримшилер ислеген мийнетине қарай өз ўақтында ҳақысын алып, оған қосымша ең шәпик қоллы теримшилер район ҳәкимликлери, кластерлер, фермер хожалықлары тәрепинен тез-тезден хошаметленип барылады.

Ерте бәҳәрде 3900 гектар жерге шигит еккен тахтакөпиршилер де быйылғы гүзде оннан 11 000 тоннадан аслам пахтаны жыйнап алыўды режелестирилген болып, буның ушын 110 фермер хожалықларында 35 теримшилер отрядлары дүзилген. Бүгинги күнде жыйын-терим жумысларына кирисип, пахта қабыллаў пунктлерине өз өнимлерин тапсырыўды баслап жиберди.

Усы мүнәсибет пенен Тахтакөпир районы аймағындағы «Қарақалпақстан агро кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң пахта қабыллаў пунктинде «пахта  кәрўаны» өткерилди.

Оған районның сектор басшылары, аўыл хожалығына тийисли мәкемелер, фермер хожалығы баслықлары ҳәм жасы үлкен нуранийлер қатнасты.



 

Илажда район ҳәкиминиң орынбасары С.Досбергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, пахта қабыллаў мапазы даўамында жыйын-терим жумысларын талапқа сай өткериў, топланған зүрәәтти қысқа мүддетте сепситпей сапалы етип терип алыў бойынша көрсетпелер берип, усы күни бириншилерден болып пахта тапсырған бир қатар фермер хожалықлары баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы