Министрлер Кабинетиниң қарары менен усы жылдың 13-сентябрь күни «Модулли мийманхананы қурыў ҳәм үскенелеў ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққында»ғы  ўақтыншалық реже тастыйықланды.

Оған бола, субсидия 2024-жыл 1-октябрьден 2026-жыл 1-ноябрьге шекем муўапықлық сертификаты берилген жаңадан шөлкемлестирилген ҳәм кеминде 10 модульден ибарат болған модулли мийманхана ушын оның категориясына қарамастан ажыратылады.

Субсидия модулли мийманханада жаратылған ҳәр бир жай ушын 1 млн. сумнан белгиленеди.

Исбилермен субсидия алыў ушын арза бериў ўақтында төмендеги талапларға жуўап бериўи керек, салық ҳәм жыйымлар  бойынша қарыздарлығы болмаўы, қайта қурыў ҳәм сапластырыў процесинде болмаслығы, жумысы нызамшылық  ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте ўақтынша тоқтатылған болмаўы керек. Сондай-ақ, судтың қарары тийкарында төлемге уқыпсыз деп жәрияланған болмаўы, модулли мийманханаға берилген муўапықлық сертификаты ҳәм жер участкасына болған ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигине итибар қаратылады.

Субсидия алыў ушын исбилермен мәмлекетлик хызметлер орайына яки БИМХП (my.gov.uz) арқалы Туризм комитетине белгиленген усылда арза менен мүрәжат етеди.

Комитет арза келип түскен күннен 15 жумыс күнинде оның Режеде белгиленген талапларға муўапықлығын орнына шыққан ҳалда үйренип шығады.

Комитет арзаны үйренип шығып, 1 жумыс күнинде субсидия бериў яки бериўди бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл етеди ҳәм қарардың электрон үлгисин қарар қабыл етилген күннен баслап 1 жумыс күнинде арза бериўшиге жибереди.

Реже 2024-жыл 1-октябрьден 2026-жыл 31-декабрьге шекем әмел етеди.

Модулли мийманханалар –бул қурылыс комплекси сыяқлы өз орнында жыйналатуғын жыйынды блоклар яки модуллерден қурылған мийманханалар. Бул көзқарас қурылысты сезилерли дәрежеде тезлетиўи, қәрежетлерди ҳәм қоршаған-орталыққа тәсирин азайтыўы мүмкин.

ӨзА